Үстиртте биринши мәрте 4300 метр тереңликтен тәбийғый газ қазып алына басланды (+видео)![]() Үстирт тегислигиндеги «Төменги Сүргил» кәниндеги 14-санлы қудықта 3800 метр тереңликте бурғылаў жумыслары басланған еди. Усы кәндеги қудықтың 3700 метр ҳәм оннан артық тереңлигинен алынған жаңа геологиялық мағлыўматларды анализлеў процесинде, «Өзбекнефтьгаз» АЖ қәнигелери тәрепинен усы майданның төменги Юра қатламларында алдын мәлим болмаған, жаңа тәбийғый газ қатламлары анықланды. «Төменги Сүргил» кәни аймағында анықланған жаңа қатламлардың перспективаларын баҳалаў мақсетинде тараў қәнигелери менен биргеликте усы қудықты 4300 метр тереңликке шекем бурғылаўға қарар етилди. Белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде «Төменги Сүргил» кәниндеги 14-қудық 4300 метрге шекем нәтийжели бурғыланып, 3700-3800 метр аралықта жаңадан анықланған перспективалы қатламларды сынаў жумыслары әмелге асырылды. Сынаў жумыслары нәтийжесинде қудықтан санаат типиндеги тәбийғый газ ҳәм газ конденсаты өнимлери алынды. Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, алынған өнимлердиң көлеми суткасына 900 мың куб метрден аслам тәбийғый газ ҳәм 20 тоннаға шамалас газ конденсатын қурайды. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
«Айырықша» баҳаларға оқып атырған социаллық қорғаўға мүтәж студент қызларға арнаўлы стипендия енгизиледи03-мар, 2021 жыл.
10
0
Ең жоқары балл топлаған абитуриентлер жоқары оқыў орынларында «Президент гранты стипендиясы» тийкарында оқыйды03-мар, 2021 жыл.
17
0
Студентке шаңарағының наўқас ағзасына ғамқорлық етиў ушын да академиялық дем алыс берилиўи мүмкин болады03-мар, 2021 жыл.
26
0
Қарақалпақстанда 60 мыңнан аслам муғаллим ҳәм тәрбияшылар бийпул өткерилетуғын медициналық тексериўге пул төлеген03-мар, 2021 жыл.
74
0
Коронавирусқа қарсы шаншыў илажларында адамларға вакцинаны сайлаў имканияты бериле ме?03-мар, 2021 жыл.
50
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Өмир өткен күнлер емес, ал есте қалғанлары
П.Павленко
|