Батыс Қазақстан арқалы суўық ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келмекте. Ҳаўаның температурасы -15 градусқа шекем суўытады![]() 21-23-январьда республикамыз аймағына батыс Қазақстан арқалы Россия (Москва ўәлаяты)ның Европадағы бөлегиниң орайлық аймақлары үстинде қәлиплескен суўық ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келеди. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар бермекте. ![]() 21-январьда Қарақалпақстан Республикасында айрым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы күтиледи. 22-январьда Қарақалпақстанда жаўын-шашын күтилмейди. 21-22-январьда самалдың тезлиги 17-22 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте, айрым жерлерде 25-28 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. 22-23-январьда Қарақалпақстанда ҳаўаның температурасы түнде 12-15 градус суўық, күндиз 5-8 градус суўыққа түседи. 22-23-январьда түнги ҳәм күндизги орташа ҳаўаның температурасы нормадан 8-10 градусқа төмен болады. Жолларда музғалақ болыўы мүмкин. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
«Айырықша» баҳаларға оқып атырған социаллық қорғаўға мүтәж студент қызларға арнаўлы стипендия енгизиледи03-мар, 2021 жыл.
10
0
Ең жоқары балл топлаған абитуриентлер жоқары оқыў орынларында «Президент гранты стипендиясы» тийкарында оқыйды03-мар, 2021 жыл.
17
0
Студентке шаңарағының наўқас ағзасына ғамқорлық етиў ушын да академиялық дем алыс берилиўи мүмкин болады03-мар, 2021 жыл.
26
0
Қарақалпақстанда 60 мыңнан аслам муғаллим ҳәм тәрбияшылар бийпул өткерилетуғын медициналық тексериўге пул төлеген03-мар, 2021 жыл.
74
0
Коронавирусқа қарсы шаншыў илажларында адамларға вакцинаны сайлаў имканияты бериле ме?03-мар, 2021 жыл.
50
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Инсанның өмири темирге уқсайды. Оны қоллансаң жылтырайды, ал пайдаланбасаң тат басып қалады
Катон
|