Өзбекстанда халықты коронавирусқа қарсы шаншыў қашаннан басланатуғыны мәлим етилди![]() Өзбекстанда февраль айының ақыры, март айының басында коронавирусқа қарсы вакцинация процеси басланыўы мүмкин. Бул ҳаққында Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети баслығының орынбасары Б.Қурбонов «Замон» информациялық-аналитикалық бағдарламасына берген интервьюсында мәлим еткен, деп жазбақта «Қалампир». Б.Қурбоновтың атап өтиўинше, усы жылдың 8-январь күни Өзбекстан халқының 20 процентине жетерли муғдарда вакцина ушын буйыртпа берилген. «Өзбекстанда иммунизациялық илажларда улыўма халықты қамтып алыў жобаластырылған. Pfizer компаниясы вакцинаны 1-1,5 айда жеткерип берсе, февраль айының ақыры, март айының басында шаншыў жумыслары басланады», - деген Қурбонов. Ҳәзирги ўақытта Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен қолланыўға рухсат берилген АҚШтың Pfizer ҳәм Германияның BioNTech кәрханалары тәрепинен ислеп шығылған вакцинаны Өзбекстанда да шаншыў процесинде пайдаланыў ҳәм пуқараларды емлеў ушын 100 мың дозаға рәсмий түрде буйыртпа берилген. Еслетип өтемиз, буннан алдын Өзбекстан Россияның Гамалея институты тәрепинен ислеп шығарылған («Спутник V») 70 миллион доза вакцинаны сатып алғаны ҳаққында хабар берген едик. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Жоқары аттестациялық комиссиясы баслығы Қарақалпақстанлы излениўшилер менен ушырасты01-мар, 2021 жыл.
92
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Гөззаллық – бул қысқа мүддет ишинде ҳүкимранлық ететуғын малика
Сократ
|