2020-жыл даўамында Қарақалпақстанда ЖТҲлар ақыбетинде неше адам қайтыс болды? Қайсы районларда ЖТҲлар көбейген?![]() 2020-жылдың 12 айы даўамында Қарақалпақстан Республикасында 349 жол-транспорт ҳәдийсеси дизимге алынған. Оларда 314 адам ҳәр қыйлы дәрежедеги дене жарақатларын алған болса, 89 адам биймезгил өмирден көз жумған. ҚР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының бизге мәлим етиўинше, 2019-жылға салыстырғанда бул көрсеткишлер бираз болса да кемейиўине ерисилген. Яғный 2019-жылы республикамызда улыўма 400 жол-транспорт ҳәдийсеси дизимге алынған болса, оларда 358 адам дене жарақатын алған, ал 105 адам қайтыс болған еди. 2020-жыл даўамында Қоңырат (28 ден 31 ге), Шымбай (7 ден 9 ға), Елликқала (23 тен 28 ге) районларында жол-транспорт ҳәдийселериниң саны артқан. Жол-транспорт ҳәдийселери Нөкис қаласы ҳәм 9 районда азайып, 4 районда 2019-жылға салыстырғанда турақлы көрсеткишке ийе болған. Жол-транспорт ҳәдийселери ақыбетинде жарақатланғанлар саны 2019-жылға салыстырғанда республикамыздың Нөкис қаласы ҳәм 8 районында азайып, 1 районда турақлы сақланған, бирақ 7 районда өсиўине жол қойылған. Атап айтқанда: Қараөзек районында 10 нан 14 ке; Қоңырат районында 23 тен 26 ға; Нөкис районында 8 ден 11 ге; Тахтакөпир районында 1 ден 2 ге; Хожели районында 26 дан 27 ге; Шымбай районында 7 ден 10 ға; Елликқала районында 17 ден 24 ке көбейген. Жол-транспорт ҳәдийселери ақыбетинде қайтыс болған пуқаралар саны 2019-жылға салыстырғанда республикамыздың 9 районында азайған, Нөкис қаласы ҳәм 1 районда турақлы сақланып, 6 районда көбейген. Яғный: Тақыятас районында 1 ден 3 ке; Беруний районында 12 ден 16 ға; Қараөзек районында 3 тен 4 ке; Кегейли районында 2 ден 4 ке; Мойнақ районында 1 ден 2 ге; Елликқала районында 6 дан 14 ке көбейген. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
«Айырықша» баҳаларға оқып атырған социаллық қорғаўға мүтәж студент қызларға арнаўлы стипендия енгизиледи03-мар, 2021 жыл.
10
0
Ең жоқары балл топлаған абитуриентлер жоқары оқыў орынларында «Президент гранты стипендиясы» тийкарында оқыйды03-мар, 2021 жыл.
17
0
Студентке шаңарағының наўқас ағзасына ғамқорлық етиў ушын да академиялық дем алыс берилиўи мүмкин болады03-мар, 2021 жыл.
26
0
Қарақалпақстанда 60 мыңнан аслам муғаллим ҳәм тәрбияшылар бийпул өткерилетуғын медициналық тексериўге пул төлеген03-мар, 2021 жыл.
74
0
Коронавирусқа қарсы шаншыў илажларында адамларға вакцинаны сайлаў имканияты бериле ме?03-мар, 2021 жыл.
50
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Инсанның өмири темирге уқсайды. Оны қоллансаң жылтырайды, ал пайдаланбасаң тат басып қалады
Катон
|