Колледжлер басқа министрликке өткериледи![]() Жумыссызлықты сапластырыў мақсетинде ҳәзирги ўақытта Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басқарыўында болған колледжлер Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине өткериледи. Бул ҳаққында 21-январь күни Президент Шавкат Мирзиёев Бухара ўәлаяты Олот районында ўәлаят белсендилери менен болып өткен жыйналыста айтып өтти, деп жазбақта «Kun.uz». «Барлық колледжлер Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги басқарыўына өткериледи. Өзи колледжлердиң орны усы министрликте, жоқары билимлендириўде емес. Өйткени, министр Нозим Ҳусанов колледжлерге анық буйыртпалар қәлиплестирип береди. Колледжлер болса ҳәр бир аймақларға зәрүр болған қәнигелерди таярлайды», - деп айтып өткен Президент. Шавкат Мирзиёевтиң айтыўынша, колледжлер жасларды кәсиплерге үйретип, бул бойынша сертификатлар бериўди жолға қояды. Сондай-ақ, «Жумысқа мәрҳамат!» моноорайларын ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларын колледжлерге бириктириў тапсырмасы берилди. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
«Айырықша» баҳаларға оқып атырған социаллық қорғаўға мүтәж студент қызларға арнаўлы стипендия енгизиледи03-мар, 2021 жыл.
10
0
Ең жоқары балл топлаған абитуриентлер жоқары оқыў орынларында «Президент гранты стипендиясы» тийкарында оқыйды03-мар, 2021 жыл.
17
0
Студентке шаңарағының наўқас ағзасына ғамқорлық етиў ушын да академиялық дем алыс берилиўи мүмкин болады03-мар, 2021 жыл.
26
0
Қарақалпақстанда 60 мыңнан аслам муғаллим ҳәм тәрбияшылар бийпул өткерилетуғын медициналық тексериўге пул төлеген03-мар, 2021 жыл.
74
0
Коронавирусқа қарсы шаншыў илажларында адамларға вакцинаны сайлаў имканияты бериле ме?03-мар, 2021 жыл.
50
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Ҳәр бир адам – бир китап, ҳәмме гәп оны оқый алыўда
У Шеннинг
|