2020-жылы Өзбекстан 50 миллион долларлық газ сатып алған![]() 2020-жылдың январь-декабрь айларында Өзбекстанда газ импорты 50,4 миллион долларды қурады, бул 2019-жылға салыстырғанда 237,1 есеге көп. Бул ҳаққында Мәмлекетлик статистика комитетиниң сырткы саўда айланысы ҳаққындағы есабында атап өтилген, деп жазбақта «Газета.uz» сайты. Энергетика министрлиги «Газета.uz» сайтының газди қай жерден ҳәм қанша көлемде импорт еткени ҳаққындағы сораўына жуўап бериўден бас тартқан. Сайттың дәреклерине қарағанда, газ Түркменстаннан сатып алынған. Газ экспорты баҳасы бойынша 4,7 есеге, яғный 2,2 миллиард доллардан 478,1 миллион долларға кемейди. Бул Россияға газ экспортының тоқтатылыўы, сондай-ақ, коронавирус пандемиясы шараятында Қытайға жеткерип бериў көлеминиң үш есеге азайыўы себепли жүз берди. Ноябрь айының ақырында «Лукойл» Өзбекстандағы жойбарларда газ қазып алыўды жойбарлаў дәрежесин дерлик толық тиклегени мәлим болды. Мәмлекетлик статистика комитетиниң мағлыўматларына қарағанда, 2020-жылы Өзбекстанда газ қазып алыў көлеми өткен жылға салыстырғанда 10,8 миллиард кубометрге ямаса 17,8 процентке, яғный 60,5 миллиардтан 49,7 миллиард кубометрге шекем кемейди. Президент Шавкат Мирзиёев 16-декабрь күни Өзбекстанда күнине 20 миллион куб метр газ жетиспеўшилиги бар екенлигин айтты. Мәмлекет басшысы газ экспорты көлемин кемейтиўди буйырды, сол себепли қосымша түрде 7-8 миллион кубометр газ халықтың мүтәжликлерине бағдарланады. «Интерфакс»тың хабарына қарағанда, 2020-жыл басынан берли Россияның «Газпром» компаниясы Өзбекстаннан дерлик ҳеш қандай тәбийғый газ сатып алмаған. Өткен жылдың 6 айы даўамында компания Өзбекстаннан импорт көлеми нольге тең болғаны ҳаққында хабар берген болса, 2020-жылдың 9 айы даўамында болса 20 миллион кубометр өзбек жанармайын сатып алғаны ҳаққында мәлим еткен. 2019-жылы «Газпром» Өзбекстаннан 7,6 миллиард кубометр газ сатып алған еди. 2021-жылдағы Мәмлекетлик бағдарлама жойбарына муўапық, 1-марттан баслап суйытылған газди алып кириў бажын бийкар етиў ҳәм электр және газдиң көтере базарын шөлкемлестириў жобаластырылған. Ири кәрханалар энергия дәреклерин импорт етиў ҳуқықын алыўы мүмкин. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
«Айырықша» баҳаларға оқып атырған социаллық қорғаўға мүтәж студент қызларға арнаўлы стипендия енгизиледи03-мар, 2021 жыл.
10
0
Ең жоқары балл топлаған абитуриентлер жоқары оқыў орынларында «Президент гранты стипендиясы» тийкарында оқыйды03-мар, 2021 жыл.
17
0
Студентке шаңарағының наўқас ағзасына ғамқорлық етиў ушын да академиялық дем алыс берилиўи мүмкин болады03-мар, 2021 жыл.
26
0
Қарақалпақстанда 60 мыңнан аслам муғаллим ҳәм тәрбияшылар бийпул өткерилетуғын медициналық тексериўге пул төлеген03-мар, 2021 жыл.
74
0
Коронавирусқа қарсы шаншыў илажларында адамларға вакцинаны сайлаў имканияты бериле ме?03-мар, 2021 жыл.
50
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Инсанды билиў ушын оны жақсы көриў керек
Л. Фейербах
|