Қарақалпақстанлы палўан «Универсиада»ның финал басқышында 3-орынды ийеледи![]() Усы жылдың 22-24-январь күнлери аралығында Әндижан мәмлекетлик медициналық институтында спорттың белбеўли гүрес түри бойынша «Универсиада» спорт жарысларының финал басқышы болып өтиўи ҳаққында хабар берген едик. Оған Өзбекстанның барлық аймақларынан, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасынан күшли спортшылардан дүзилген сайланды командалар қатнасты. Жеңимпазлар 7 салмақ категориясы бойынша олимпиада ойынлары қағыйдаларына муўапық анықланды. ![]() ![]() Қуўанышлысы, жарыстың ең аўыр 90 кг салмақ категориясы бойынша Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамында қатнасқан, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының студенти Есет Сәдўақасов жарыста сыйлы 3-орынды ийелеп, бронза медалы менен сыйлықланды. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
«Айырықша» баҳаларға оқып атырған социаллық қорғаўға мүтәж студент қызларға арнаўлы стипендия енгизиледи03-мар, 2021 жыл.
10
0
Ең жоқары балл топлаған абитуриентлер жоқары оқыў орынларында «Президент гранты стипендиясы» тийкарында оқыйды03-мар, 2021 жыл.
17
0
Студентке шаңарағының наўқас ағзасына ғамқорлық етиў ушын да академиялық дем алыс берилиўи мүмкин болады03-мар, 2021 жыл.
26
0
Қарақалпақстанда 60 мыңнан аслам муғаллим ҳәм тәрбияшылар бийпул өткерилетуғын медициналық тексериўге пул төлеген03-мар, 2021 жыл.
74
0
Коронавирусқа қарсы шаншыў илажларында адамларға вакцинаны сайлаў имканияты бериле ме?03-мар, 2021 жыл.
50
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Гөззаллық – бул қысқа мүддет ишинде ҳүкимранлық ететуғын малика
Сократ
|