Берунийде күшли самал ақыбетинде электр бағаналары қулап түсти![]() 21-январь күни түнде елимиз аймағында ҳаўа райының кескин суўытыўы ҳәм қар жаўыўы ақыбетинде электр тәмийнаты системасында авариялар жүзеге келип, Қарақалпақстан Республикасы районларының айрым аймақларында үзилислер жүзеге келди. Бул ҳаққында «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» АЖ баспасөз хызмети хабар берди. ![]() Үзилислер көлеми оншелли үлкен болмаса да жәмийет басшылары тәрепинен тутыныўшыларға электр энергиясын жеткерип бериўди тиклеўдиң барлық илажлары көрилди. Район ҳәм қалалық ЭТКлардың тәжирийбели қәнигелеринен дүзилген жумысшы топар ағзалары ҳаўа электр узатыў линияларын көзден өткерди. ![]() Беруний районындағы «Абай» АПЖ аймағында күшли самал ақыбетинде 5 электр бағанасы сынып, жерге қулап түскени анықланды ҳәм авария орнына жедел түрде оңлаў бригадалары жиберилди. Олар ҳәзирги ўақытта бағаналарды ҳәм үзилген электр сымларды алмастырыў жумысларын жуўмақлаў илажларын көрмекте. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
266
0
«Қарақалпақгидромет» 26-февральда күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берди25-фев, 2021 жыл.
158
0
Еки ҳәм оннан аслам перзентлери контракт тийкарында оқып атырған шаңарақларға жеңилликли тәлим кредити бериледи25-фев, 2021 жыл.
84
0
Видео. Қарақалпақстанлы Мәдияр Дәнияров Беларусь чемпионы үстинен жеңиске еристи25-фев, 2021 жыл.
93
0
25-февраль күни Ташкенттен Қарақалпақстанға ҳәрекетленетуғын автобус рейслери бийкар етилди25-фев, 2021 жыл.
78
0
«Жас китапқумар» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында кимлер жеңимпаз болды? (толық дизим)24-фев, 2021 жыл.
174
0
Қазақстанның «ТОП-500»ликке кирген жоқары оқыў орны менен бирге ислесиў бойынша шәртнама дүзилди24-фев, 2021 жыл.
107
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Инсанды билиў ушын оны жақсы көриў керек
Л. Фейербах
|