Мектеплерде «Тәрбия» сабағын қайсы пән муғаллимлери өтетуғыны мәлим етилди![]() 2020-2021-оқыў жылы 3-шерегинен баслап Өзбекстандағы барлық мектеплерде 1-класстан 9-классқа шекем ҳәптесине 1 сааттан «Тәрбия» сабағы өтилмекте. Республикалық билимлендириў орайының хабар бериўинше, жаңа пәнди: - 1-4-классларда баслаўыш класс басшылары; - 5-11-классларда алдын «Ўатан туйғысы», «Миллий ғәрезсизлик идеясы ҳәм руўхыйлық тийкарлары» пәнлеринен сабақ берген муғаллимлер; - «Тарийх», «Ана тили ҳәм әдебияты» пәни муғаллимлери оқытады. «Kun.uz» сайтының орай баспасөз хызметинен алған мағлыўматларына қарағанда, ҳәзирги ўақытта «Тәрбия» пәниниң 1-9-классларға шекемги сабақлықлары баспадан шығарып болынған, бирақ тарқатыў менен байланыслы машқалалар себепли айрым мектеплерге жетип бармаған болыўы мүмкин. Сабақлықтың туўысқан тиллердеги ҳәм рус тилиндеги варианты да басып шығарылған. 10-11-класслар ушын бул сабақ 2021-2022-оқыў жылынан басланыўы нәзерде тутылған. Республикалық билимлендириў орайының усынысына муўапық, пән саатларын «Улыўма билим бериў мәкемелеринде классларды комплектлеў және тарификациялық дизимлерди қәлиплестириў тәртиби ҳаққында»ғы уставтың 15-бәнтинде белгиленген көрсеткишлердиң баслы избе-излиги тийкарында бөлистириў керек. Мағлыўмат ушын, «Тәрбия» пәни мектеплерде «Әдепнама», «Ўатан туйғысы», «Миллий ғәрезсизлик идеясы ҳәм руўхыйлық тийкарлары» және «Дүнья динлери тарийхы» пәнлерин бирлестирген ҳалда енгизилген. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Жоқары аттестациялық комиссиясы баслығы Қарақалпақстанлы излениўшилер менен ушырасты01-мар, 2021 жыл.
92
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жасаў гүресиў дегени, гүресиў – жасаў
П. Бомарше
|