28-январьдан концерт-тамаша илажларын шөлкемлестириўге рухсат бериледи![]() Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, Өзбекстанда 28-январьдан концерт-тамаша илажларын шөлкемлестириўге рухсат бериледи. Атап өтилиўинше, соңғы ўақытларда келип түскен көплеген мәденият тараўы ўәкиллериниң мүрәжатларын есапқа ала отырып, сондай-ақ, халықтың мәдений дем алыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде концерт-тамаша илажларын 2021-жылдың 28-январынан баслап санитариялық-эпидемиологиялық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда шөлкемлестириўге рухсат берилди. Республикалық арнаўлы комиссияның қарары тийкарында концерт ҳәм тамаша илажларын өткериў бойынша төмендеги талаплар белгиленди: - концерт сарайларының тамашагөй сыйымлылығын есапқа алған ҳалда тамашагөйлер санын 50 проценттен арттырмаған ҳалда шөлкемлестириў; - концерт сарайларының тамашагөйлер ушын арналған орынлардан аралықты сақлаған ҳалда пайдаланыўын тәмийинлеў ҳәм бул бойынша аралықты сақлаў ушын талап етилетуғын орынларды консервациялаў; - концерт сарайларына баратуғын тамашагөй және хызмет көрсетиўши хызметкерлер қатаң түрде нықапта болыўы. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
«Айырықша» баҳаларға оқып атырған социаллық қорғаўға мүтәж студент қызларға арнаўлы стипендия енгизиледи03-мар, 2021 жыл.
10
0
Ең жоқары балл топлаған абитуриентлер жоқары оқыў орынларында «Президент гранты стипендиясы» тийкарында оқыйды03-мар, 2021 жыл.
17
0
Студентке шаңарағының наўқас ағзасына ғамқорлық етиў ушын да академиялық дем алыс берилиўи мүмкин болады03-мар, 2021 жыл.
26
0
Қарақалпақстанда 60 мыңнан аслам муғаллим ҳәм тәрбияшылар бийпул өткерилетуғын медициналық тексериўге пул төлеген03-мар, 2021 жыл.
74
0
Коронавирусқа қарсы шаншыў илажларында адамларға вакцинаны сайлаў имканияты бериле ме?03-мар, 2021 жыл.
50
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Өмир өткен күнлер емес, ал есте қалғанлары
П.Павленко
|