1-февральдан баслап бензинниң баҳасы көтерилиўи күтилмекте![]() Өзбекстан миллий валютасында белгиленген айрым акциз салығы ставкалары усы жылдың 1-февраль күнинен баслап көтерилиўи мәлим етилди, деп хабар бермекте «Kun.uz». Атап айтқанда, айрым нефть өнимлериниң көтерилген салық ставкалары төмендегише болады: - 1 тонна Аи-80 бензини 240 мың сум (2021-жыл 1-январьдан 200 мың сум еди); - 1 тонна Аи-92, Аи-93 ҳәм Аи-95 бензини 275 мың сум (2021-жыл 1-февральға шекем 250 мың сум); - 1 тонна дизель жанармайы 240 мың сум (40 мың сумға қымбатлайды). Пандемия себепли миллий валютада белгиленген айрым акциз салығы ставкалары 2020-жылдың апрель-май айларында көтерилмегенлиги себепли 2021-жылдың февралынан баслап көтерилиўи күтилген еди. Жоқарыдағы өзгерислер республикада ғалабалық түрде пайдаланылатуғын Аи-80 бензини мысалында 1 тоннасы 127 050 сумға (ҚҚСти есапқа алғанда 146 108 сумға) ямаса 1 литри 95 сумға (ҚҚСти есапқа алғанда 110 сумға) көтерилиўи мүмкин. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
«Айырықша» баҳаларға оқып атырған социаллық қорғаўға мүтәж студент қызларға арнаўлы стипендия енгизиледи03-мар, 2021 жыл.
10
0
Ең жоқары балл топлаған абитуриентлер жоқары оқыў орынларында «Президент гранты стипендиясы» тийкарында оқыйды03-мар, 2021 жыл.
17
0
Студентке шаңарағының наўқас ағзасына ғамқорлық етиў ушын да академиялық дем алыс берилиўи мүмкин болады03-мар, 2021 жыл.
26
0
Қарақалпақстанда 60 мыңнан аслам муғаллим ҳәм тәрбияшылар бийпул өткерилетуғын медициналық тексериўге пул төлеген03-мар, 2021 жыл.
74
0
Коронавирусқа қарсы шаншыў илажларында адамларға вакцинаны сайлаў имканияты бериле ме?03-мар, 2021 жыл.
50
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жасаў гүресиў дегени, гүресиў – жасаў
П. Бомарше
|