Усы ҳәптеде Жердиң жақынынан үш астероид ушып өтеди![]() Усы ҳәптениң ақырына шекем Жерге жақын аралықтан өлшеми 100 метрге шекем болған үш астероид ушып өтеди. Бул ҳаққында «NASA»ның Жерге жақын объектлерди үйрениў орайына тийкарланып «Қалампир» жазбақта. Хабарда жазылыўынша, ертең, 28-январь күни 2021 BZ астероиды Жерден шама менен 2,2 миллион километр аралықтан ушып өтеди. Объекттиң өлшеми 29 дан 65 метрге шекем болыўы анықланған. Болжаўларға қарағанда, ол Ташкент ўақты менен саат 09:12 де Жерге ең жақын аралықта болады. 29-январь күни оннан үлкенирек 2021 AG7 астероиды Жерге жақын аралықтан ушып өтеди. Объекттиң үлкенлиги 47 метрден 110 метрге шекем болады. Астероид Ташкент ўақты менен 13:50 де Жерге ең жақын аралықта болады, деп болжанбақта. Усы күни Ташкент ўақты менен 00:37 де кишилеў көлемдеги 2021 AF7 астероиды Жерден алыс аралықтан ушып өтеди. Оның өлшеми 24 метрден 53 метрге шекем болады. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
«Айырықша» баҳаларға оқып атырған социаллық қорғаўға мүтәж студент қызларға арнаўлы стипендия енгизиледи03-мар, 2021 жыл.
10
0
Ең жоқары балл топлаған абитуриентлер жоқары оқыў орынларында «Президент гранты стипендиясы» тийкарында оқыйды03-мар, 2021 жыл.
17
0
Студентке шаңарағының наўқас ағзасына ғамқорлық етиў ушын да академиялық дем алыс берилиўи мүмкин болады03-мар, 2021 жыл.
26
0
Қарақалпақстанда 60 мыңнан аслам муғаллим ҳәм тәрбияшылар бийпул өткерилетуғын медициналық тексериўге пул төлеген03-мар, 2021 жыл.
74
0
Коронавирусқа қарсы шаншыў илажларында адамларға вакцинаны сайлаў имканияты бериле ме?03-мар, 2021 жыл.
50
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Еӊ қорқынышлы қәте – бул алдыӊғы қәтелерди дурысламаў
|