Контракт төлеў мүддети және узайтылды![]() Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы мәжилисиниң 2021-жыл 21-январьдағы 9-санлы протоколына муўапық: Көпшилик абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары және жоқары оқыў орынлары ректорларының мүрәжатларын есапқа алып, жоқары оқыў орынларының бакалавриатына студентликке усыныс етилип, белгиленген төлемли контракт суммасының белгили бир бөлегин төлеген, магистратураға төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлер, оқыўы көширилген (көширип тикленген) ҳәм қайта тикленген студентлердиң оқыўы ушын төлем муғдарының кеминде 50 процентин, сондай-ақ, жоқарыдағы протокол қарары менен төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлердиң оқыўы ушын төлем муғдарын өткериў ҳәм студентлер қатарына қабыллаўды рәсмийлестириўдиң соңғы мүддети 2021-жылдың 1-февралы етип белгиленди. Еслетип өтемиз, коронавирус пандемиясы себепли республикамыз халқының төлеў қәбилети төменлегенлигин есапқа алып, жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде төлемли контракт тийкарында оқыўға усыныс етилген ҳәм оқып атырған студентлер және оқыўшылардың оқыўы менен байланыслы болған төлемли контракт қаржылары муғдары 2020-2021-оқыў жылында өзгермейтуғынлығы (көбейтилмейтуғынлығы) белгилеп қойылған еди. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
«Айырықша» баҳаларға оқып атырған социаллық қорғаўға мүтәж студент қызларға арнаўлы стипендия енгизиледи03-мар, 2021 жыл.
10
0
Ең жоқары балл топлаған абитуриентлер жоқары оқыў орынларында «Президент гранты стипендиясы» тийкарында оқыйды03-мар, 2021 жыл.
17
0
Студентке шаңарағының наўқас ағзасына ғамқорлық етиў ушын да академиялық дем алыс берилиўи мүмкин болады03-мар, 2021 жыл.
26
0
Қарақалпақстанда 60 мыңнан аслам муғаллим ҳәм тәрбияшылар бийпул өткерилетуғын медициналық тексериўге пул төлеген03-мар, 2021 жыл.
74
0
Коронавирусқа қарсы шаншыў илажларында адамларға вакцинаны сайлаў имканияты бериле ме?03-мар, 2021 жыл.
50
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Гөззаллық – бул қысқа мүддет ишинде ҳүкимранлық ететуғын малика
Сократ
|