Қарақалпақстанлы спортшылар Болгарияда 3 медальды қолға киргизди![]() Усы жылдың 5-7-февраль күнлери Болгарияның София қаласында қылышпазлық бойынша халықаралық жарыс өткерилди. Жарыста сабля бағдары бойынша ҳаял-қызлар арасында болып өткен жарысларда Өзбекстан сайланды командасы ағзасы, қарақалпақстанлы Зайнаб Дайыбекова ярым финалға шекем барлық қарсыласларын жеңди. Финал босағасында оған бираз әўмет жетиспеди ҳәм жарыс жуўмағында бронза медалын қолға киргизди. ![]() Еркеклер арасында болып өткен жарысларда да Өзбекстан сайланды командасының ағзалары, жерлеслеримиз болған Шерзод Мамутов 1-орынды ийелеп, алтын, ал Пазыл Генжебаев бронза медалын жеңип алды. Улыўма есапта Өзбекстан сайланды командасы усы халықаралық турнирде 1 алтын, 1 гүмис ҳәм 2 бронза медалын қолға киргизген болса, соннан 3 медальды қарақалпақстанлы спортшылар сайланды командамыз есабына жаздырып қойды. Спортшылар гезектеги оқыў-шынығыў жыйыны ҳәм халықаралық жарысқа қатнасыў ушын Грузияға жол алады. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Жоқары аттестациялық комиссиясы баслығы Қарақалпақстанлы излениўшилер менен ушырасты01-мар, 2021 жыл.
92
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жақсылық – көп болса да зыян келтирмейтуғын пазыйлет
Ж. Голсуорси
|