Қарақалпақстанлы боксшы «Termiz Open» жарысының алтын медалын қолға киргизди![]() Усы жылдың 2-8-февраль күнлери Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында 2002-2003-2004-жылларда туўылған боксшылар арасында «Termiz Open» жарысы болып өтти. Жарысқа Өзбекстанның барлық аймақларынан, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы жаслар сайланды командасы да қатнасты. Жарыс улыўма 10 салмақ категориясы бойынша өткерилип, оған Өзбекстан бойлап 145 боксшы қатнасты. Қуўанышлысы, жарысқа 52 кг салмақ категориясы бойынша қатнасқан жерлесимиз Мәдияр Дәнияров барлық қарсыласларын жеңип, 1-орынды қолға киргизди. Ярым финалда бухаралы қарсыласы Ш.Музаффаровқа, ал финалда болса сурхандәрьялы Ж.Очиловқа ҳеш қандай имканият қалдырмады ҳәм «Termiz Open» жарысының алтын медалын қолға киргизди. Жарысқа спортшыларды Ш.Айтбаев ҳәм Р.Сейтовлар таярлады. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Жоқары аттестациялық комиссиясы баслығы Қарақалпақстанлы излениўшилер менен ушырасты01-мар, 2021 жыл.
92
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жүз – кеўилдиң айнасы
М. Горький
|