Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды![]() 13-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он алтыншы сессиясы болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди. Видеоконференсбайланыс тәризинде өткен сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, тийисли тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қала ҳәм район студияларында қатнасты. Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды. Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады. ![]() Атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген арнаўлы Пәрман менен суд системасына шөлкемлестириўшилик-структуралық өзгерислер киргизилди. Усы тийкарда аймағымыздағы жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, олардың тийкарында судьялардың қатаң қәнигелестирилиўин сақлап қалған ҳалда Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди. Суд тараўына киргизилген өзгерислерди есапқа алып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он бесинши сессиясында Қарақалпақстан Республикасының Конституциясының тийисли статьяларына қосымшалар киргизилди ҳәм депутатларымыз тәрепинен қоллап-қуўатланып, Нызам қабыл етилди. Сессия күн тәртибинде «Қарақалпақстан Республикасы судының баслығын сайлаў ҳақкында»ғы мәселе көрип шығылды. Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы талапларына муўапық, Базарбаева Гульнара Жуманазаровнаны Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы етип сайлаў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының усыныснамасы депутатлардың итибарына усынылды. ![]() Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти – Базарбаева Гульнара Жуманазаровна бес жыллық мүддетке Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы лаўазымына сайланды. Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он алтыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Жоқары аттестациялық комиссиясы баслығы Қарақалпақстанлы излениўшилер менен ушырасты01-мар, 2021 жыл.
92
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Инсанды билиў ушын оны жақсы көриў керек
Л. Фейербах
|