Кегейли районы ҳәкиминиң еки орынбасары тайынланды![]() 13-февраль күни Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында мәжилис болып өтти. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм депутатлар, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Мәжилисте район ҳәкиминиң Экология ҳәм Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымына Абылбаев Ислам Женгисбаевич тайынланған болса, район ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Өтемуратов Ахмет Пердебаевич тайынланды. ![]() ![]() Мәжилис жуўмағында жыйналғанларға тайынланған ҳәким орынбасарларының мийнет жолы кеңнен таныстырылды, деп хабар бермекте Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Жоқары аттестациялық комиссиясы баслығы Қарақалпақстанлы излениўшилер менен ушырасты01-мар, 2021 жыл.
92
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Өмир велосипедке уқсайды. Оның педалын айландырыўдан тоқтасаңыз жығыласыз
Клаудио Пепер
|