Қарақалпақстанның «НМПИ» волейбол командасы Өзбекстан кубогында 2-орынды ийеледи![]() Усы жылдың 8-16-февраль күнлери аралығында Жиззақ қаласында волейбол бойынша ҳаял-қызлар арасында ХХII Өзбекстан кубогы жарысы өткерилди. Жарыста 11 команда еки топарға бөлинген ҳалда жеңимпазлық ушын гүрес алып барды. «Б» топарында барлық қарсыласларына ҳеш қандай имканият қалдырмаған Қарақалпақстан Республикасының Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командасы финалға жоллама алды. Финалда «А» топарының жеңимпазы, Ташкент ўәлаятының Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университетиниң «СКУФ» командасы менен өз ара жарысқа түскен жерлеслеримизге бираз әўмет жетиспеди ҳәм жарыс жуўмағында 2-орынды ийеледи. ![]() Жарыста Қарақалпақстан Республикасының Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командасы ағзалары Н.Рейимбаева «Ең жақсы жас ойыншы» ҳәм М.Камилжанова «Ең жақсы либеро ойыншысы» номинациялары бойынша сыйлықланды. Спортшыларды жарысқа Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен тренер, Өзбекстан спорт ветераны, спорт устасы Азат Казаков таярлады. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Жоқары аттестациялық комиссиясы баслығы Қарақалпақстанлы излениўшилер менен ушырасты01-мар, 2021 жыл.
92
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жақсылық – көп болса да зыян келтирмейтуғын пазыйлет
Ж. Голсуорси
|