Қарақалпақстанлы Гулнура Сейтжанова қол урысы бойынша жәҳән чемпионатына жоллама алды![]() Усы жылдың 7-11-февраль күнлери аралығында Ташкент қаласындағы «Универсал» спорт сарайында 18-35 жаслы спортшылар арасында қол урысы бойынша Өзбекстан чемпионаты болып өтти. Жарысқа Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятлардан спортшылар қатнасты. Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шет тиллери факультетиниң студенти Гулнура Сейтжанова жарыста 70 кг салмақ категориясында қатнасты. 4 жылдан берли спорттың «Taekwon-do WTF», сондай-ақ, 6 айдан берли қол урысы спорт түри менен шуғылланып, шеберлигин арттырып киятырған Гулнура жарыста дәслеп Әндижан, соңынан Ташкент қаласынан болған қарсыласларын жеңип, ярым финалға жоллама алды. Ташкентли қарсыласы менен болып өткен жекпе-жекте Гулнура 1-раундта өзиниң жоқары таярлыққа ийе екенлигин көрсетип, қарсыласын нокаутқа ушыратты. Ярым финалда және бир пайтахтлы спортшы менен жекпе-жекке шыққан жерлесимиз упайлар есабында жеңилип қалды ҳәм чемпионаттың бронза медалын қолға киргизди. Жарыс жуўмағында күшли үшликтен орын алған барлық спортшылар қатарында Гулнура Сейтжанова да усы жылдың июнь айында Ташкент қаласында болып өтетуғын жәҳән чемпионатына жолламаға ийе болды. - Жетискенликлерге ерисиўимде устазым Жәҳәнгер Сейтаевтың мийнетлери көп. Ҳәзирги ўақытта жәҳән чемпионатына, соның менен бирге, усы жылдың март айында Сурхандәрья ўәлаятында болып өтетуғын бириншиликке таярлық көрип атырмыз, - дейди Гулнура. Ислам Матеков. Автордың түсирген фотосы. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Жоқары аттестациялық комиссиясы баслығы Қарақалпақстанлы излениўшилер менен ушырасты01-мар, 2021 жыл.
92
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жақсылық – көп болса да зыян келтирмейтуғын пазыйлет
Ж. Голсуорси
|