«Героин» сатып атырған пуқаралар усланды![]() Усы жылдың 16-февраль күни Елликқала районлық ИИБ Жынаят-излеў бөлимшеси хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында Төрткүл районы «Өзбекстан» АПЖ аймағында 41 жаслы Айбек К. ҳәм 36 жаслы Ахмад Е. исимли адамлар арнаўлы қарыйдарға 1 200 000 сум пулға шақмақ формасындағы дәптер бетине оралған қоңыр сарғыш реңли, даналы, унтақ ҳәм уксус ийисли таза салмағы 0,17 грамм «героин» нәшебентлик затын сатқан ўақтында усланған. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ жанындағы Тергеў департаменти хабар берди. ![]() Суд химиялық экспертизасының жуўмақлары бойынша бул зат «героин» нәшебентлик заты екенлиги тастыйықланған. ![]() Бул жағдай бойынша Елликқала районлық ИИБ жанындағы Тергеў топары тәрепинен ӨзР Жынаят кодексиниң 273-статьясы 5-бөлими менен жынаят иси ашылған ҳәм дәслепки тергеў процесинде усы пуқараларға айыплаў жәрияланып, «қамаққа алыў» тәризиндеги шара қолланылған. Ҳәзирги ўақытта нәшебентлик затының келип шығыўы анықланбақта, тергеў жуўмағына муўапық қарар қабыл етилиўи тәмийинленеди, деп жазылған хабарда. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Жоқары аттестациялық комиссиясы баслығы Қарақалпақстанлы излениўшилер менен ушырасты01-мар, 2021 жыл.
92
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Еӊ қорқынышлы қәте – бул алдыӊғы қәтелерди дурысламаў
|