Қарақалпақстанлы боксшы Россияда болып өткен халықаралық турнирде алтын медальды қолға киргизди
Россия Федерациясының Комсомольск қаласында бокс бойынша жаслар арасында Аўған урысы қурбанлары естелигине арналған халықаралық турнир болып өтти.
Халықаралық турнирге Россия, Аўғанстан, Молдова, Польша, Беларусь, Украина ҳәм Өзбекстаннан сайланды команда ағзалары қатнасты. ![]() Жарыста +91 кг салмақ категориясында Қарақалпақстан Республикасынан болған Али Нуранов финалға шекем жетип барды. Финалда Россия Федерациясынан болған Даниил Даревшиков пенен жекпе-жекке шыққан жерлесимиз қарсыласына ҳеш қандай имканият қалдырмай, халықаралық турнирдиң жеңимпазы болды ҳәм алтын медаль менен сыйлықланды. ![]() Мағлыўмат ушын, усы халықаралық турнирде Өзбекстан сайланды командасы 3 алтын, 1 гүмис ҳәм 2 бронза медалын қолға киргизди. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Жоқары аттестациялық комиссиясы баслығы Қарақалпақстанлы излениўшилер менен ушырасты01-мар, 2021 жыл.
92
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жақсылық – көп болса да зыян келтирмейтуғын пазыйлет
Ж. Голсуорси
|