Тақыятас ЫЭСтеги екинши пуў-газ қурылмасы толық қуўатлылыққа өткерилди![]() Тақыятас ыссылық электр станциясында ҳәр бириниң қуўатлылығы 280 МВт болған еки пуў-газ қурылмасын қурыў бойынша инвестициялық жойбардың әмелге асырылыўы шеңберинде екинши пуў-газ қурылмасы толық қуўатлылыққа өткерилип, функционал сынақ жумыслары даўам еттирилмекте. Бул ҳаққында Энергетика министрлиги хабар берди. Станциядағы қуўатлылығы 280 МВт болған биринши пуў-газ қурылмасы 2020-жылдың декабрь айында толық қуўатлылық пенен иске түсирилген еди. ![]() Жойбардың енгизилиўи менен станцияның техникалық-экономикалық көрсеткишлери артады. Нәтийжеде 1 кВт саат электр энергиясын ислеп шығарыў ушын сарпланатуғын шәртли жанармай муғдары 164,3 гр/кВт саатқа кемейеди, бул болса бир жылда 488,6 миллион куб метр тәбийғый газдиң үнемлениўине тийкар жаратады. Заманагөй ҳәм энергонәтийжели технологиялардың иске түсирилиўи Аралбойы аймағында экологиялық жағдайды жақсылаў, тәбиятты қорғаўда да әҳмийетли болып табылады. Бир ғана суў ресурсларына болған талаптың өзи жылына 452 миллион куб метрден 159 миллион куб метрге кемейеди. ![]() Сондай-ақ: - атмосфераға шығарылып атырған зыянлы газлер 3,2 есеге азаяды; - азот оксиди 3,5 есеге кемейеди; - тийкарғы пуў газлериниң шығыўы жылына 972,22 мың тоннаға шекем азаяды. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Жоқары аттестациялық комиссиясы баслығы Қарақалпақстанлы излениўшилер менен ушырасты01-мар, 2021 жыл.
92
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Гөззаллық – бул қысқа мүддет ишинде ҳүкимранлық ететуғын малика
Сократ
|