Сегиз дүкәни бузылған ҳәм компенсация пуллары төленбеген пуқараның әўерегершилиги![]() Пуқара К.К.ның дүкәнлары Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен бузылған, бирақ компенсация пуллары берилмеген. Пуқара компенсация пулларын өндирип бериўди сорап бир неше рет суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары және басқа да жоқары турыўшы уйымларға мүрәжат еткен. Бирақ, ҳәр сапары оның мүрәжаты қанаатландырылмастан қалдырылған. Бул жағдайлар пуқара Нөкис қалалық әдиллик бөлимине мүражат еткенде мәлим болды, деп жазады Нөкис қалалық әдиллик бөлими аға мәсләҳәтшиси Б.Нажимов. Анықланыўынша, қала ҳәкимлигиниң 2016-жыл 13-августтағы тийисли қарарына тийкар К.К.ға тийисли болған 8 дүкән имаратын бузыў ҳәм басқа жерге көшириў ҳаққында қарар қабыл етилген. Өзбекстан Республикасы Жер кодекси ҳәм сол ўақытта өз күшинде болған Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2006-жыл 29-майдағы 97-санлы қарары менен тастыйықланған «Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик мүтәжликлер ушын жер участкаларының алып қойылыўы мүнәсибети менен пуқараларға ҳәм юридикалық тәреплерге жеткерилген зыянды қаплаў тәртиби ҳаққында»ғы Уставта мүлк ийесине жеткерилген зыян орны толық қапланыўы көрсетилгенине қарамастан пуқара К.К.ның жер участкаларына болған ҳуқықының кепилликлери турпайы түрде қала ҳәкимлиги тәрепинен бузылған. Жоқарыдағы жағдайлардан келип шығып, әдиллик бөлими тәрепинен пуқара К.К.ның бузылған ҳуқықларын қорғаў мақсетинде пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судына даўа арза киргизилип, пуқара К.К.ға 395 744 032 (үш жүз тоқсан бес миллион жети жүз қырық төрт мың отыз еки) сум компенсация пулларын өндирип бериў ҳаққында суд қарары шығарылып, пуқараның бузылған ҳуқықлары тикленди. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Жоқары аттестациялық комиссиясы баслығы Қарақалпақстанлы излениўшилер менен ушырасты01-мар, 2021 жыл.
92
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Гөззаллық – бул қысқа мүддет ишинде ҳүкимранлық ететуғын малика
Сократ
|