Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады![]() Социаллық тармақларда Ташкент қаласына барып қәрежетсиз, көшеде баспанасыз қалған «Кегейли районы, Халқабад совхоз» деген жазыўы бар пуқара ҳаққында материаллар тарқалды. Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бул бойынша тийисли үйрениў жумысларын алып барды ҳәм бул пуқараның Ерназаров Тағантурды Мамбетназарович екенлигин анықлады. «Ҳәзирги ўақытта Т.Ерназаров Кегейли районы «Қуяшлы» МПЖ С.Сапаров көшесинде есапта турады, бирақ көрсетилген мәнзилде жасамайды. Оған 2020-жыл даўамында мәмлекет ҳәм қәўендер шөлкемлер тәрепинен бир неше мәрте материаллық жәрдем, пуқаралық паспортын алыўда, сондай-ақ, напақаға (пенсия) шығыўда әмелий жәрдем қөрсетилгенлиги мәлим болды. Т.Ерназаров таныслары жумысқа шақырғанлығы себепли Ташкент қаласына кеткен. Районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў, Ишки ислер бөлимлери биргеликте пуқара Т.Ерназаров пенен телефон арқалы байланысқанда оның жағдайының жақсы ҳәм социаллық тармақларда тарқалған мағлыўматлар жалған екенлигин, аўылға қайтыўға қәлеўи жоқлығын айтып өткенлигин мәлим етип билдиремиз», - деп жазбақта район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
81
0
Таровеҳ намазларын оқыў бойынша көрсетпелер берилди. Концертлер бойынша шеклеў енгизилмекте17-апр, 2021 жыл.
153
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жақсылық – көп болса да зыян келтирмейтуғын пазыйлет
Ж. Голсуорси
|