Қызылқумнан алдын илимге намәлим болған динозавр сүйеклери табылды![]() Өзбекстанда алдын илимге намәлим болған динозавр сүйеклери табылды. Оның бийиклиги еки этажлы автобусқа тең келеди. Бул ҳаққында бизге «Daily Mail» басылымына тийкарланып Кәмилжан Базарбаев хабар берди. Динозавр «Жаратитанис кинги» деп аталып, оның узынлығы 65,6 футқа (20 метр) жетеди. Динозаврдың сүйеклери Қызылқум шөлиндеги «Динозаврлар қойымшылығы» деп аталатуғын аймақтан табылған. Бул аймақ Наўайы ўәлаятының Үшқудық районындағы Жарақудық деген жерде жайласқан. ![]() Жаратитанис 145,5 миллион жыл даўам еткен пор дәўирине тийисли екенлиги айтылмақта. Ол планетада өмир сүрген салмағы 14 Африка пилине тең келетуғын реббахизавридлердиң туўысына киретуғыны мәлим етилген. Бул туўысқа киретуғын динозавр сүйеклери усы күнге шекем Түслик ҳәм Арқа Америка, Африка және Европа сыяқлы аймақлардан қазып алынған. Бирақ, бул Азиядағы дәслепкиси болып табылады. - Бул Азиядан алып келинген дәслепки реббахисаврид болып, мәлим болған қазылма таслар дизиминдеги ең жасларынан бири, - деди изертлеўдиң жетекши авторы, доктор Александр Аверьянов. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
81
0
Таровеҳ намазларын оқыў бойынша көрсетпелер берилди. Концертлер бойынша шеклеў енгизилмекте17-апр, 2021 жыл.
153
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Ҳәр бир адам – бир китап, ҳәмме гәп оны оқый алыўда
У Шеннинг
|