Хош хабар! Қарақалпақстанлы боксшы Мәдияр Дәнияров халықаралық турнирдиң алтын медалын жеңип алды![]() Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 23-26-февраль күнлери аралығында Беларусьтың Гомель қаласында 2002-2003-жылларда туўылған жаслар арасында спорттың бокс түринен А.Юковтың естелигине арналған халықаралық турнир болып өтти. Турнирде Өзбекстан сайланды командасы қурамында 52 кг салмақ категориясы бойынша қатнасқан жерлесимиз Мәдияр Дәнияров бүгин финалда Қазақстан Республикасынан болған қарсыласы Жандос Жумабаевтың үстинен толық жеңиске ерисип, халықаралық турнирдиң жеңимпазы болды ҳәм алтын медаль менен сыйлықланды. Еслетип өтемиз, қарақалпақстанлы үмитли боксшы өзиниң биринши жекпе-жегин Беларусь Республикасы чемпионы Денис Беницевичке қарсы өткерип, толық жеңиске ерискени ҳаққында алдын хабар берген едик. Спортшыны жарысқа Өзбекстан сайланды командасы тренерлери қатарында Беларусьқа барған жерлесимиз Ш.Айтбаев таярлады. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
81
0
Таровеҳ намазларын оқыў бойынша көрсетпелер берилди. Концертлер бойынша шеклеў енгизилмекте17-апр, 2021 жыл.
153
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Өмир өткен күнлер емес, ал есте қалғанлары
П.Павленко
|