Жоқары аттестациялық комиссиясы баслығы Қарақалпақстанлы излениўшилер менен ушырасты![]() Бүгин, 1-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары аттестациялық комиссиясының баслығы Аҳмадбек Юсупов пенен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўды институт ректоры Б.Отемуратов ашып берди. Илажға институт профессор-оқытыўшылары, докторантлар ҳәм илимий излениўшилер қатнасты. ![]() Ушырасыўда А.Юсупов соңғы ўақытларда Қарақалпақстан Республикасынан Жоқары аттестациялық комиссияға барып атырған илимий жумыслардың мазмуны ҳәм әҳмийетлилик дәрежеси жоқарылағаны, быйылғы жылдан баслап комиссия жумысы толық цифрластырылып, илимий семинар, диссертациялар жақлаў илажлары толық онлайн форматқа өтип атырғанлығы ҳәм буның абзаллықлары ҳаққында айтып өтти. Ушырасыўда профессор-оқытыўшылар, докторантлар ҳәм илимий излениўшилер тәрепинен Қарақалпақстанда фольклористика бойынша, сондай-ақ, география илимлери бойынша регионаллық илимий кеңес ашыў бойынша усынысларын билдирип, өзлериниң илимий жумыслары менен байланыслы машқалалары бойынша мүрәжат етип, тийисли жуўаплар алды. ![]() ![]() Жоқары аттестациялық комиссиясының баслығы соңғы жылларда тараўда артықша қағазбазлықты қысқартыў, излениўшилерди қоллап-қуўатлаў, оларға шараятлар жаратыў бойынша исленип атырған унамлы өзгерислер ҳаққында айта келип, орын алып атырған кемшиликлерди көрсетип өтти. Кемшиликлерди сапластырып, излениўшилерге жәрдем бериўде илимий семинар ҳәм кеңес тәрепинен исленетуғын жумысларды атап өтти. Ислам Матеков. Автордың түсирген фотолары. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
81
0
Таровеҳ намазларын оқыў бойынша көрсетпелер берилди. Концертлер бойынша шеклеў енгизилмекте17-апр, 2021 жыл.
153
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жақсылық – көп болса да зыян келтирмейтуғын пазыйлет
Ж. Голсуорси
|