«Айырықша» баҳаларға оқып атырған социаллық қорғаўға мүтәж студент қызларға арнаўлы стипендия енгизиледи![]() Министрлер Кабинетиниң «Жоқары оқыў орынлары студентлерине төленетуғын стипендиялар муғдарын белгилеў және стипендиялар тайынлаў ҳәм төлеў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша қарар жойбары жәрияланды. Қарар жойбарына муўапық, 2021-2022-оқыў жылынан баслап «айырықша» баҳаларға оқып атырған ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж, мәмлекетлик грант ямаса төлемли контракт тийкарында оқып атырғанына қарамастан студент қызларды материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ушын айма-ай төленетуғын «қызлар ушын арнаўлы стипендия» енгизиледи. Бунда оларға жоқары оқыў орынлары тәрепинен белгиленген әмелдеги стипендия муғдарлары сақланып қалынған ҳалда қосымша тәризде базалық стипендия муғдарына арнаўлы стипендия белгиленеди. Жоқары оқыў орынлары тәрепинен усы стипендияға талабан қызларды сайлап алыў ушын оқыў семестриниң жуўмағы бойынша пәнлерден өзлестириў көрсеткишлери тек ғана «айырықша» баҳа болғаны ҳәм социаллық қорғаўға мүтәжлиги сыяқлы критерияларды нәзерде тутатуғын айырықша Тәртип ислеп шығылады. Мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарында оқып атырған студент қызларға «қызлар ушын арнаўлы стипендия» белгилеў жоқары оқыў орынларының кеңеслери тәрепинен тастыйықланған Тәртипке муўапық анықланады ҳәм жоқары оқыў орны ректоры (филиал директоры)ның буйрығы тийкарында рәсмийлестириледи. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
81
0
Таровеҳ намазларын оқыў бойынша көрсетпелер берилди. Концертлер бойынша шеклеў енгизилмекте17-апр, 2021 жыл.
153
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Мен нақыл-мақаллардан жүдә көп нәрсени, басқаша айтқанда – анық пикирлеўди үйрендим
М. Горький
|