Муғаллим, тәрбияшы, шыпакер ҳәм мийирбийкелер ушын автокредит бериледи![]() Муғаллимлер, оқытыўшылар, тәрбияшылар, шыпакер ҳәм мийирбийкелер ушын 4 жыллық автокредит енгизиледи. Бул ҳаққында «Ипотека банк»тиң баспасөз хызмети хабар берди. Хабарда жазылыўынша, муғаллимлер, оқытыўшылар, тәрбияшылар, шыпакер ҳәм мийирбийкелерди финанслық қоллап-қуўатлаў мақсетинде берилетуғын «Фидокор» автокредити бойынша өзгерислер киргизилмекте. Жоқары ҳәм орта арнаўлы, Халық билимлендириў, Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрликлери системасындағы мәкеме хызметкерлери ушын 15-марттан баслап «Фидокор» автокредити: мүддети 48 айға шекем, жыллық үстеме ҳақы 22 процент, дәслепки төлеми 30 процент шәрти тийкарында бериледи. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
81
0
Таровеҳ намазларын оқыў бойынша көрсетпелер берилди. Концертлер бойынша шеклеў енгизилмекте17-апр, 2021 жыл.
153
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Ҳәр бир адам – бир китап, ҳәмме гәп оны оқый алыўда
У Шеннинг
|