Жоқарғы Кеңес Баслығы жас спортшыларды сыйлықлады![]() Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорттың волейбол ҳәм футзал түрлери бойынша мәмлекет көлеминдеги жарысларда жоқары нәтийжелерге ерискен жас спортшыларымызды сыйлықлаўға бағышланған илаж өткерилди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги ўәкиллери, спортшылардың ата-аналары, устазлары менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов жас спортшыларымызды жеңис пенен қутлықлап, келешекте халықаралық спорт жарысларында, Азия ҳәм жәҳән чемпионатларында да үлкен жетискенликлерге ерисиўине тилеклес екенлигин айтып өтти. Елимизде спортты раўажландырыў, өсип киятырған жас әўлатды кәмил инсан етип тәрбиялаў, жас спортшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде жасларымыз мәмлекет ҳәм халықаралық спорт жарысларында жеңислерге ериспекте. ![]() Атап айтқанда, волейбол бойынша Қарақалпақстан Республикасы қызлар сайланды командасы «Универсиада-2020» спорт жарысларында жеңиске еристи, Өзбекстан суперкубогы жарысында биринши орынды ийелеп, Азия чемпионатына жоллама алды. Усы жыл 6-10-март күнлери аралығында Ташкент ўәлаятының Шыршық қаласында спорттың футзал түри бойынша 2008-жылы туўылған жас өспиримлер арасында «Спорт мектеплери футбол лигасы» шеңберинде өткерилген Өзбекстан чемпионатында Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы чемпион болды. ![]() ![]() Илажда жас спортшыларымызға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң алғыснамасы ҳәмде естелик саўғалар тапсырылды. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
81
0
Таровеҳ намазларын оқыў бойынша көрсетпелер берилди. Концертлер бойынша шеклеў енгизилмекте17-апр, 2021 жыл.
153
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жасаў гүресиў дегени, гүресиў – жасаў
П. Бомарше
|