«Универсиада» жарысларында тарийхый нәтийжелерди қолға киргизген студентлер ҳәм олардың тренер-оқытыўшылары мүнәсип сыйлықланды![]() Бүгин, 19-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Универсиада» спорт жарысларының финал басқышларында жоқары нәтийжелерге ерисип, республикамыздың тарийхый нәтийжесине үлкен үлес қосқан студентлер ҳәм олардың тренер-оқытыўшыларын сыйлықлаў салтанаты болып өтти. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, институт ректоры Б.Отемуратов ҳәм профессор-оқытыўшылар, спортшы студентлер және олардың ата-аналары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. ![]() Сыйлықлаў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов сөзге шығып, киши олимпиада есапланған «Универсиада» спорт жарысларының финал басқышларында Қарақалпақстан Республикасының улыўма командалық есапта сыйлы 2-орынды ийелеўинде институтта оқып атырған студентлердиң үлеслери айрықша екенлигине тоқталды. ![]() Атап айтқанда, өткерилген жарысларда Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамында қатнасқан спортшылар улыўма 62 медальды қолға киргизген болса, соннан 32 медаль институт студентлери тәрепинен жеңип алынды. Республикамыз есабында улыўма 17 алтын медаль болып, соның 12 син усы оқыў орны студент жаслары қолға киргизгени бул дәргайда спортқа болған итибар және ғамқорлықтың жоқары екенлигиниң белгиси сыпатында атап өтиў орынлы. Илажда усындай тарийхый нәтийжеге мүнәсип үлес қосқан барлық студентлерге, сондай-ақ, олардың тренер-оқытыўшыларына институт ректораты тәрепинен таярланған алғыснама ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды. ![]() ![]() ![]() Сондай-ақ, институт ректоры Б.Отемуратов ҳәм дене мәденияты факультети деканы А.Утербергеновқа Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң алғыснамалары салтанатлы түрде тапсырылды. ![]() Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтынан улыўма 44 студент «Универсиада» спорт жарысларының финал басқышларында қатнасып, 12 алтын, 8 гүмис, 12 бронза – улыўма 32 медальды қолға киргизди. ![]() Ислам Матеков. Автордың түсирген фотолары. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
81
0
Таровеҳ намазларын оқыў бойынша көрсетпелер берилди. Концертлер бойынша шеклеў енгизилмекте17-апр, 2021 жыл.
153
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Инсанның өмири темирге уқсайды. Оны қоллансаң жылтырайды, ал пайдаланбасаң тат басып қалады
Катон
|