22-марттан баслап жаңа телеканал эфирге узатылады![]() «Aqlvoy» жаңа кеўилашар-ағартыўшылық телеканалы 22-марттан баслап Өзбекстан бойлап эфирге узатылады. Бул ҳаққында ӨзР Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги хабар берди. Хабарда жазылыўынша, жаңа телеканал ойлаў ҳәм қызығыўшылықты оятады, логикалық пикирлеўди раўажландырады, илим алыўға түртки береди, ойлап табыўшылыққа илҳамландырады, жаңа идеялар береди, билимлер дүньясына алып киреди. Мағлыўмат ушын, «Aqlvoy» телеканалы Ҳүкиметтиң «Қәнигелескен балалар кеўилашар-ағартыўшылық телеканалын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары тийкарында шөлкемлестирилди. Мағлыўматларды қызықлы ҳәм түсиникли формада жеткерип бериў арқалы балалардың билим алыўын хошаметлеў, интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик көнликпелерин раўажландырыў усы телеканалдың тийкарғы ўазыйпасы және баслы бағларларының бири болып табылады. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
81
0
Таровеҳ намазларын оқыў бойынша көрсетпелер берилди. Концертлер бойынша шеклеў енгизилмекте17-апр, 2021 жыл.
153
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Инсанды билиў ушын оны жақсы көриў керек
Л. Фейербах
|