Жаңа министрлик шөлкемлестирилди![]() Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Туризм, спорт ҳәм мәдений мийрас тараўларында мәмлекетлик басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Пәрманға муўапық, Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги және Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети негизинде Туризм ҳәм спорт министрлиги шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги және Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң тийисли аймақлық бөлимлери негизинде министрликтиң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық бас басқармалары, районлық (қалалық) бөлимлери шөлкемлестирилди. Министрлик туризм, дене тәрбия, спорт ҳәм мәдений мийрас тараўларында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асыратуғын мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланады. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
81
0
Таровеҳ намазларын оқыў бойынша көрсетпелер берилди. Концертлер бойынша шеклеў енгизилмекте17-апр, 2021 жыл.
153
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жасаў гүресиў дегени, гүресиў – жасаў
П. Бомарше
|