Дәўкемпир (Аңызлар тилге киргенде…)![]() Бурынлары көлдиң жағасында жарлы бир кемпир ғаррысы менен балықшылық етип күнелтип отырған. Бир күни ғаррысы балық аўлаўға кетип, кемпир бир өзи үйде отырғанда, бир жолбарыс келип, үйдиң босағасына еки аяғын салып отырады. Кемпир жолбарыстың жəбирленип, муңайып келгенлигин сезип, оннан ҳеш қорықпайды. Серлеп қараса жолбарыстың бир аяғына үлкен шөңге кирген екен. Кемпир жолбарысқа «ўай шерим-ай, нарым-ай» деп аяғынан шөңгени тартып алады. Шөңге кирген жерге май жағып, ықшамлап байлайды. Жолбарыс кемпирге алғыс айтқандай болып, орнынан турады да, көл бетке қарай əсте ақырын жүрип кетеди. Кешқурын ғаррысы келгеннен кейин бул аўҳалды баян етеди. Кемпирдиң бул мəртлигин аўыл адамлары да биринен-бири есите баслайды. Сонлықтан буған Дəўкемпир деп, ал көлдиң аты усы кемпирдиң лақабы менен аталып кетеди. Топлаған: Сахибжамал Есемуратова |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
100 000 сумлық банкнотаның рәсмий көриниси жәрияланды. Ол қашаннан баслап айланысқа енгизиледи?16-фев, 2019 жыл.
125
0
Мәмлекетлик хызметлер бойынша жаңа қарар қабыл етилди. 1-апрельден баслап бир қанша талаплар бийкар етиледи16-фев, 2019 жыл.
69
0
Аралдың қурыған ултанында «жасыл қапламалар» пайда етиў ушын неше сум қаржы ажыратылады?16-фев, 2019 жыл.
24
0
Жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақларында үлкен өзгерислер болыўы күтилмекте (толық мағлыўмат)16-фев, 2019 жыл.
131
0
Нөкис халықаралық аэропортында Астанаға арзан баҳада билет сатып алыў имканияты жаратылды16-фев, 2019 жыл.
51
0
Факультетлер 15 ке жетти. Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жаңа структурасы тастыйықланды. Және қандай өзгерислер болды? (толық)01-фев, 2019 жыл.
«Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» трассасында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Қурбан болған шахс бар24-янв, 2019 жыл.
Ең ақыллы ҳәм ден саўлығы беккем балалар қайсы айда дүньяға келетуғынлығын билесиз бе?27-янв, 2019 жыл.
1-февральда ақырзаман болыўы ҳаққындағы гәплер қаншелли ҳақыйқат? Илимлер Академиясы мүнәсибет билдирди31-янв, 2019 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Еӊ қорқынышлы қәте – бул алдыӊғы қәтелерди дурысламаў
|