Дыққат, ҚЫДЫРЫЎ! Қаяққа?![]() Көптен берли ғалаба хабар қуралларында «ҚЫДЫРЫЎ» деген сөзге жийи-жийи көзим түсетуғын болып қалды. Булардың барлығы тек ғана бир мәниде: кимдур бир нәрсесин жойтқан ямаса жақын инсанын… Оларды излеп табыў мақсетинде «ҚЫДЫРЫЎ» жәриялаған. Айтқандай, мен жаңа ғана «излеп табыў» дедим бе?! Есимизди танығанлы берли үйдегилер жақын әғайинлеримиздиң үйине мийман болып баратуғын болсақ «Бүгин қыдырып қайтамыз» десе, бизлер ғаўырласып «Қаяққа?» дейтуғын едик (Кимди? емес). Қыдырыў – бул излеў дегени ме ямаса ел аралаў, гезип жүриў ме? Усы сораўлар мени тыныш қоймай жүрди. Ақыры, ең жақсысы миллий сөз байлығымыздың жыйнағы – түсиндирме сөзлигимизге жүзлендим. Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлигиниң III томы, 204-бетинде бул сөзге түсиндирме берилген екен. Китапта көрсетилиўинше, қыдырыў – ел аралаў, гезиў дегенди аңлатады екен. Бул мен ушын анық жуўап болды. ![]() Күни кеше жәмийетимиздиң айнасы болған «Қарақалпақстан» телеканалындағы «ҚЫДЫРЫЎ»ға көзим түсип бираз гүрсиндим. Дурыс, бул өзбек тилиниң тәсиринде кирип келген сөз болыўы мүмкин. Деген менен, оның эквиваленти бизде жоқпеди?! Әлбетте, бар!!! Шет тиллериндеги дерлик ҳәр бир сөздиң эквиваленти бизиң ана тилимизде бар. Өйткени, белгили алым Шоқан Ўәлийханов: «Егер түркий тиллердиң барлығын түсингиң келсе, дәслеп қарақалпақ тилин үйрен», - деп бийкарға айтпаған. Сол «ҚЫДЫРЫЎ»дың да нағыз аўдармасы – ИЗЛЕЎ. Егер басқа тиллерден кирип келип атырған сөзлерди бир-еки ҳәрибин «қарақалпақшалап» аўдармалай берсек, тилимиз байымайды, керисинше ӨЛЕДИ. «Қидирув»ды қыдырыў, «маънавият»ты мәнаўият, «маърифат»ты мәғриўпәт деп ала берсек… Буның менен мен тилимиздиң, сөз байлығымыздың көбейиўине қарсылық билдирмекши емеспен. Мен ана тилимизде эквиваленти бола турып, оны пайдаланбай, умытып кетпеўди ҳәм оны келешек әўладларға жеткерип бериў ҳаққында өз пикирлеримди билдирдим… Ислам Матеков |
Пикир(4)
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Арал бойы аймақларын тиклеўде Бирлескен Араб Әмирликлери тәжирийбеси қолланылады20-фев, 2019 жыл.
42
0
Мойнақ районында қурылып атырған көп квартиралы турақ жайлардың дәслепки баҳалары жәрияланды20-фев, 2019 жыл.
133
0
Мойнақ районында жылына 9 млн дана консерва ислеп шығаратуғын балық консерва заводының қурылысы басланды20-фев, 2019 жыл.
14
0
Жазғы ҳәм қысқы олимпиада ойынларында алтын медаль алған бирден-бир спортшы ким екенлигин билесиз бе?19-фев, 2019 жыл.
104
0
Азия раўажланыў банки магистратура ҳәм аспирантурада оқыў ушын стипендия жәриялады19-фев, 2019 жыл.
50
0
Факультетлер 15 ке жетти. Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жаңа структурасы тастыйықланды. Және қандай өзгерислер болды? (толық)01-фев, 2019 жыл.
«Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» трассасында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Қурбан болған шахс бар24-янв, 2019 жыл.
Ең ақыллы ҳәм ден саўлығы беккем балалар қайсы айда дүньяға келетуғынлығын билесиз бе?27-янв, 2019 жыл.
1-февральда ақырзаман болыўы ҳаққындағы гәплер қаншелли ҳақыйқат? Илимлер Академиясы мүнәсибет билдирди31-янв, 2019 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жүз – кеўилдиң айнасы
М. Горький
|