МУЗЫКА ӘЛЕМИНИҢ ПАТШАСЫ
Немис композиторы, пианинашы ҳәм дирижёр Людвиг Ван Бетховен ҳаққындагы айрым мағлыўматларды келтирип өтсек. Әлбетте, еситиў қәбилети музыкант ушын жүдә әҳмийетли. Бирақ, Людвигте еситиў қәбилетиниң жоғалыў белгиси биринши мәрте 26 жасында сезиле баслаған. Бул ҳаққында ол 1801-жылы өзиниң достысына жазған хатында айтып өтеди.
![]() Және де буны адамларға айтыў ол ушын жүдә аўыр екенлигин, сол себепли еки жылдан берли жәмийеттен узағырақ жүриўге ҳәрекет етип атырғанлығы, егер басқа кәсип ийеси болғанында бул ҳәдийсени өзи ушын оншелли дәрежеде аянышлы қабыл етпейтугынлығын, бирақ та музыкант ушын буның жүдә аянышлы жағдай екенлигин айтып өтеди. Және бир қызықлы факт: Людвиг Ван Бетховен әдетте ҳәр күни музыка жаратыў ушын столға отырыўдан алдын, муздан ибарат болған суў ыдысқа басын салып отыратуғын болған. Бул Бетховен ушын әдетке айланып қалған еди, себеби композитор бул әдеттен өмириниң ақырына шекем бас тартпаған. Солай да музыка дүньясында мәнги из қалдырған Бетховенниң дөретпелери бизиң ҳәм Сизиң өмириңиздиң мазмунына айланған десек болады. Сахибжамал Есемуратова |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Арал бойы аймақларын тиклеўде Бирлескен Араб Әмирликлери тәжирийбеси қолланылады20-фев, 2019 жыл.
42
0
Мойнақ районында қурылып атырған көп квартиралы турақ жайлардың дәслепки баҳалары жәрияланды20-фев, 2019 жыл.
133
0
Мойнақ районында жылына 9 млн дана консерва ислеп шығаратуғын балық консерва заводының қурылысы басланды20-фев, 2019 жыл.
14
0
Жазғы ҳәм қысқы олимпиада ойынларында алтын медаль алған бирден-бир спортшы ким екенлигин билесиз бе?19-фев, 2019 жыл.
104
0
Азия раўажланыў банки магистратура ҳәм аспирантурада оқыў ушын стипендия жәриялады19-фев, 2019 жыл.
50
0
Факультетлер 15 ке жетти. Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жаңа структурасы тастыйықланды. Және қандай өзгерислер болды? (толық)01-фев, 2019 жыл.
«Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» трассасында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Қурбан болған шахс бар24-янв, 2019 жыл.
Ең ақыллы ҳәм ден саўлығы беккем балалар қайсы айда дүньяға келетуғынлығын билесиз бе?27-янв, 2019 жыл.
1-февральда ақырзаман болыўы ҳаққындағы гәплер қаншелли ҳақыйқат? Илимлер Академиясы мүнәсибет билдирди31-янв, 2019 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жүз – кеўилдиң айнасы
М. Горький
|