Қуран оқыў бойынша жарыстың республикалық басқышы 21-26-апрель күнлери өткериледи![]() Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 22-январьдағы ПФ-5308-санлы Пәрманы тийкарында тастыйықланған Мәмлекетлик бағдарламасының 213-бәнтинде 2018-жылдың январь-апрель айлары даўамында Республикалық Қуран оқыў жарысын өткериў нәзерде тутылған еди. Ҳәзирги ўақытқа шекем бул жарыстың аймақлық басқышлары жуўмақланған. Бул ҳаққында Kun.uz сайтына тийкарланып Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти. Жарыстың еркеклер арасындағы республикалық басқышы 21-, 22-, 23- ҳәм 24-апрель күнлери Ташкент қаласындағы Студентлер қалашасында жайласқан «Жаслар аўқамы» әнжуманлар үйинде (ӨзМУдың бурынғы мәденият сарайы) болып өтеди. Жарыстың ҳаял-қызлар арасындағы республикалық басқышы 25-26-апрель күнлери Ташкент қаласындағы Студентлер қалашасында жайласқан «Жаслар аўқамы» әнжуманлар үйинде (ӨзМУдың бурынғы мәденият сарайы) болып өтеди. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz Ислам Матеков. |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
78
0
Үстиртте биринши мәрте 4300 метр тереңликтен тәбийғый газ қазып алына басланды (+видео)16-янв, 2021 жыл.
70
0
Қарақалпақстаннан сыйлықланған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери14-янв, 2021 жыл.
116
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Мийнет ҳақысын талап етип жолды тосып қойған пуқаралар қала ҳәкимлигинде жуўапкерлер менен ушырасты17-дек, 2020 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жүз – кеўилдиң айнасы
М. Горький
|