«Камалак билимданлары» таңлаўының Нөкис қалалық басқышы болып өтти![]() Усы жылдың 16-апрель күни Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен «Камалак билимданлары» таңлаўының Нөкис қалалық басқышы өткерилди. Онда пайтахтымыздағы барлық улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшыларынан дүзилген командалар қатнасты. - Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет, балалар шөлкеми жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, балалардың социаллық басламаларын қоллап-қуўатлаў арқалы келешекте елимиздиң раўажланыўы ушын үлкен үлес қосатуғын кадрларды жетилистириўге көмеклесиўден ибарат, - дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси «Камалак» балалар шөлкеми баслығы Азамат Абибуллаев. Таңлаў жуўмағында, 3-орынды 13-санлы улыўма билим бериў мектеби, 2-орынды 1-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеби ҳәм 1-орынды 23-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшыларынан дүзилген командалар жеңип алды. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды. ![]() ![]() ![]() Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz Ислам Матеков. |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Өткен жылы Қарақалпақстанда қайсы кеселликлерден өлимшилик жағдайлары бақланған?28-янв, 2021 жыл.
0
0
Қоңыратта жаңа мешит жумыс баслады – Қарақалпақстандағы мешитлер саны елиў үшке жетти27-янв, 2021 жыл.
66
0
Арнаўлы комиссия кафе ҳәм ресторанлардың жумыс ўақты менен байланыслы қарар шығарды26-янв, 2021 жыл.
217
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Өмир өткен күнлер емес, ал есте қалғанлары
П.Павленко
|