ҚМУда «Поэзия булағы» атамасындағы әдебий кеше болып өтти![]() Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қарақалпақ филологиясы факультети тәрепинен Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылған күнине арналған «Поэзия булағы» атамасындағы әдебий кеше өткерилди. Кеше Бердақ музейинде болып, оны Қарақалпақ әдебияты кафедрасы баслығы, филология илимлериниң кандидаты Абадан Досымбетова алып барды. ![]() Филология илимлери кандидаты, доцент Бахтияр Генжемуратов «Қарақалпақ поэзиясының жаңа дәўирине жол салған шайыр» темасындағы баянатын ҳәм И.Юсупов дүньядан өткенде жазған «Қарызым көп» қосығын оқып берди. Буннан соң Қарақалпақ мәмлекетлик университети докторанты Малика Палымбетова «Сөз ҳәм саз сыйқыры» темасында баянат жасады. Шаңарағы менен И.Юсуповты жақсы көрип оқыйтуғын, «Әмет бақсы» мектебиниң оқыўшысы Улзада Айымбетова дуўтар менен илаж қатнасыўшыларының кеўлине байрам кейпиятын уласты. Кешениң тийкарғы бөлиминде «И.Юсуповты үйренемиз» атамасында шайыр шығармалары бойынша таңлаў шөлкемлестирилди. Ол тийкарынан еки басқыштан ибарат болып, биринши бөлиминде шайыр лирикасының мазмунын ашып бериў, ал, екинши бөлиминде шайыр поэзиясында қолланылған сөзлерден, оның қайсы қосық екенлиги табылып, көркемлеп оқып бериў шәрти болды. Таңлаў жеңимпазларына диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. ![]() Парахат Ажимуратов |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
116
0
Үстиртте биринши мәрте 4300 метр тереңликтен тәбийғый газ қазып алына басланды (+видео)16-янв, 2021 жыл.
119
0
Қарақалпақстаннан сыйлықланған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери14-янв, 2021 жыл.
125
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Ҳәрдайым излениң. Бүгин алтын излесеңиз мыс табасыз. Ертең мыс излесеңиз алтынға ерисесиз
|