2018-2019-жыллары заманагөй кинотеатрлар тармағын қурыў бойынша ҳүкиметлик қарар қабыл етилди![]() Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «2018-2019-жыллары заманагөй кинотеатрлар тармағын қурыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте. Ҳүжжетте билдирилиўинше, «Өзбеккино» Миллий агентлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық хызмет миллий банки, Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги, «ӨзқалақурылысыЛИТИ» МУК пенен биргеликте сырт еллердиң алдынғы тәжирийбесин ҳәр тәреплеме үйрениў тийкарында заманагөй ҳәм ретро фильмлер ушын еки заллы кинотеатрлардың ҳәм жазғы кинотеатрлардың үлгили жойбарларын ислеп шығыў белгиленген. «Өзбеккино» МА, «Өзмиллийбанк», Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2018-жылдың 1-июнына шекемги мүддетте кинотеатрлар қурылысы бойынша жумысларды әмелге асырыў ушын исбилерменлик субъектлерин белгилейди. Қарар тийкарында 2018-2019-жыллары заманагөй кинотеатрлар тармағын қурыў бағдарламасы тастыйықланды. Бағдарламаға муўапық, елимизде 2018-2019-жыллары жәми 49 кинотеатр, соның ишинде 1 этажлы 25 кинотеатр, 2 этажлы 12 кинотеатр, 12 жазғы кинотеатр қурылады. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz Ислам Матеков. |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
78
0
Үстиртте биринши мәрте 4300 метр тереңликтен тәбийғый газ қазып алына басланды (+видео)16-янв, 2021 жыл.
70
0
Қарақалпақстаннан сыйлықланған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери14-янв, 2021 жыл.
116
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Мийнет ҳақысын талап етип жолды тосып қойған пуқаралар қала ҳәкимлигинде жуўапкерлер менен ушырасты17-дек, 2020 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Ҳәр бир адам – бир китап, ҳәмме гәп оны оқый алыўда
У Шеннинг
|