Бүгин «Туран» стадионында спорт фестивалы ҳәм байрам илажлары болып өтеди. Фестивальда нелер өткериледи?![]() Бүгин пайтахтымыз Нөкис қаласында «1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни»не арналған үлкен спорт фестивалы болып өтеди. Бул ҳаққында Миллий Олимпия комитетиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте. ![]() Фестиваль шеңберинде ҳәр қыйлы спорт жарыслары шөлкемлестирилип, сондай-ақ, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери менен меҳрийбанлық үйиниң тәрбияланыўшыларына Президент саўғалары тапсырылыўы нәзерде тутылған. Тийкарғы байрам илажлары қаламыз орайындағы «Туран» стадионында болып өтеди. ![]() Саат 19:00 де басланатуғын илажда эстрада қосықшыларының да қатнасыўы режелестирилген. Белгили спортшылар менен қосықшылар фестиваль қатнасыўшыларына Президент саўғаларын тапсырады. Саат 20:00 ден кейин Азамат Абдураимов басшылығындағы Өзбекстан жас өспиримлер сайланды командасы Қарақалпақстан ҳәм Хорезм ўәлаяты футболшыларынан ибарат команда менен өз ара жарысқа түседи. ![]() Фестивальда өзбек эстрадасының белгили жулдызлары да қатнасады. Сондай-ақ, өзбек футболының жулдызлары Элдор Шомуродов, Отабек Шукуров, Достон Ҳамдамов, Жамшид Искандеров ҳәм тренер Равшан Ҳайдаровлар да Нөкиске жетип келди. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz Ислам Матеков. |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Беруний базарында ҳаяллардың бирнеше мәрте сабап кетилгени бойынша қосымша мағлыўматлар мәлим етилди23-янв, 2021 жыл.
131
0
Тахтакөпирде қолайсыз ҳаўа райы себепли тутыныўшылар электр энергиясысыз қалды23-янв, 2021 жыл.
50
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Ҳәр бир адам – бир китап, ҳәмме гәп оны оқый алыўда
У Шеннинг
|