Электромобильлерди Өзбекстанға бажысыз алып кириў мүмкин болды![]() Келеси жылдың 1-январынан баслап электромобильлерди Өзбекстанға бажы төлемисиз алып кириў мүмкин болады, деп жазады Sof.uz сайты. Бул ҳаққында Шавкат Мирзиёев қол қойған «Сыртқы экономикалық хызметти ҳәм бажыхана-тариф системасын жетилистириў ҳаққында»ғы қарарының қосымшасында айтып өтилген. Жаңа ҳуқықый ҳүжжетте келтирилиўинше, 2019-жылдың 1-январынан баслап Өзбекстанға алып кирилип атырған 700 ден аслам өнимлер ушын жаңа бажы ставкалары азайтылады. Атап айтқанда, тек ғана электр энергиясы менен ҳәрекетленетуғын транспорт қураллары ушын, TN VED коды 870380, бажы ставкасы «0» муғдарында белгиленген. Ҳәзирги ўақытта әмел етилип атырған бажыхана тарифинде усы кодқа байланыслы өнимлер ушын ставкалар келтирилмеген. Жаңа бажыхана ставкаларын додалаў ўақтында электромобильлер ушын 10 процентлик ставка қойыў усыныс етилген еди, бирақ жуўмақлаўшы ҳүжжетте бул усыныс есапқа алынбаған. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
«Нөкис вино заводы» өнимлери халықаралық көргизбеде «Ең жақсы өним» номинациясының жеңимпазы болды20-фев, 2019 жыл.
1
0
Арал бойы аймақларын тиклеўде Бирлескен Араб Әмирликлери тәжирийбеси қолланылады20-фев, 2019 жыл.
55
0
Мойнақ районында қурылып атырған көп квартиралы турақ жайлардың дәслепки баҳалары жәрияланды20-фев, 2019 жыл.
163
0
Факультетлер 15 ке жетти. Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жаңа структурасы тастыйықланды. Және қандай өзгерислер болды? (толық)01-фев, 2019 жыл.
«Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» трассасында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Қурбан болған шахс бар24-янв, 2019 жыл.
Ең ақыллы ҳәм ден саўлығы беккем балалар қайсы айда дүньяға келетуғынлығын билесиз бе?27-янв, 2019 жыл.
1-февральда ақырзаман болыўы ҳаққындағы гәплер қаншелли ҳақыйқат? Илимлер Академиясы мүнәсибет билдирди31-янв, 2019 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жасаў гүресиў дегени, гүресиў – жасаў
П. Бомарше
|