Усы жылдың 11-сентябрь күни НМПИге Япониядан профессор-оқытыўшылар келеди![]() Усы жылдың 8-11-сентябрь күнлери елимизге Япония мәмлекетинен бир қатар профессор-оқытыўшылардың келиўи жобаластырылған. Япониядағы ең белгили ҳәм абыройлы 9 жоқары оқыў орнынан 10 профессор-оқытыўшының келиўи ҳәм олардың Арал теңизине саяхат етип, ол жердеги бүгинги жағдай менен танысыўы нәзерде тутылған. Сондай-ақ, олар сапар даўамында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында болып, бул жердеги оқыў процеси менен жақыннан танысады. Бул ҳаққында кейинирек толық мағлыўматларды сайтымыз арқалы берип барамыз. Елимизге бундай жоқары дәрежедеги мийманлардың келиўи ҳәм олардың орынларда ушырасыўлар өткериўи профессор-оқытыўшылар ҳәм студент жаслардың билимге және де қызығыўшылығын арттырыўы сөзсиз. Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты «Халық аралық байланыслар» бөлими методисти Сахибжамал Есемуратова |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Өткен жылы Қарақалпақстанда қайсы кеселликлерден өлимшилик жағдайлары бақланған?28-янв, 2021 жыл.
0
0
Қоңыратта жаңа мешит жумыс баслады – Қарақалпақстандағы мешитлер саны елиў үшке жетти27-янв, 2021 жыл.
66
0
Арнаўлы комиссия кафе ҳәм ресторанлардың жумыс ўақты менен байланыслы қарар шығарды26-янв, 2021 жыл.
217
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Өмир өткен күнлер емес, ал есте қалғанлары
П.Павленко
|