4 видео. Қарақалпақстанлы палўан қыз Ақтеңге Кеўнимжаева жәҳән чемпионатының финалына қалай шықты?
Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 20-23-сентябрь күнлери Словакияның Трнава қаласында спорттың еркин гүрес түринен жаслар арасында жәҳән чемпионаты болып өтпекте.
Қуўанышлысы, 53 кг салмақта Ақтеңге Кеўнимжаева ҳәм 62 кг салмақта Набира Есенбаевалар жәҳән чемпионатының финал басқышына шықты. Ақтеңге Кеўнимжаева квалификация басқышында қатнасып, дәслеп болгариялы Кремена Красимирова Петрованы, соңынан ярым шерек финалда монголиялы Энхцецег Батбаатарды, шерек финалда әзербайжанлы Татьяна Варансованы жеңип, ярым финал басқышына жол алды. Ярым финалда АҚШлы Алиша Суэ Хоук үстинен жеңиске ерисип, финал басқышына жол алды. Палўан қыз Ақтеңгениң финалға шекемги басып өткен беллесиўлерин тамашалаўды қәлейсиз бе? Төменде оның қатнасыўындағы беллесиўлерди тамашалаўыңыз мүмкин. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
81
0
Таровеҳ намазларын оқыў бойынша көрсетпелер берилди. Концертлер бойынша шеклеў енгизилмекте17-апр, 2021 жыл.
153
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Ҳәрдайым излениң. Бүгин алтын излесеңиз мыс табасыз. Ертең мыс излесеңиз алтынға ерисесиз
|