«Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивалы қашан болып болып өтеди?![]() Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлигиниң (ӨзА) жазыўынша, усы жылдың 12-13-октябрь күнлери Мойнақ районында «Арал балықларынан 99 түрли тағам» халықаралық гастрономиялық фестивалы ҳәм «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» атамасындағы халықаралық экофестивалы болып өтеди. Илажды өткериўдеги мақсет, Мойнақ районының экономикалық турақлылығын тәмийинлеў, район халқының жасаў дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў, сондай-ақ, сырт ел ҳәм жергиликли туристлерди Арал бойы аймағының мәдений-тарийхый мийраслары менен таныстырыў болып табылады. Еслетип өтемиз, фестиваль өткен жылы биринши мәрте өткерилип, илаж қатнасыўшылары Мойнақ районындағы «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Көк суў» көли бойында болып өткен «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық фестивалы, сондай-ақ, райондағы Мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайында өткерилген Бердақ ҳәм Әжинияз шайырлардың халықаралық дөретиўшилик-музыкалық фестивалы және бурынғы теңиз жағалаўы, яғный «Корабльлер қойымшылығы»нда өткерилген «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» атамасындағы халықаралық экофестивальға қатнасқан еди. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
81
0
Таровеҳ намазларын оқыў бойынша көрсетпелер берилди. Концертлер бойынша шеклеў енгизилмекте17-апр, 2021 жыл.
153
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Инсанды билиў ушын оны жақсы көриў керек
Л. Фейербах
|