Токио аўыл хожалығы ҳәм технологиялар университети магистранты НМПИ магистрантлары менен илимий жумыслары жөнинде пикир алмасты![]() 13-октябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының химия-биология факультетинде Токио аўыл хожалығы ҳәм технологиялар университетиниң 1-курс магистранты Такао Юма факультет қәнигеликлеринде оқып, илимий жумысларын алып барып атырған бир топар магистрант ҳәм бакалавр бағдары студентлери менен ушырасты. ![]() Ушырасыўда япониялы жас излениўши илимий жумысларын алып барыў мақсетинде Қарақалпақстанға келгени ҳәм усы жерде оқып, илимий изертлеў жумысларын баслап атырған жас қәнигелер менен өз ара пикир және тәжирийбе алмасыўды жобаластырғаны ҳаққында айтып өтти. - Мениң баслы изертлеў объектим жер асты суўларының жағдайы болып табылады. Магистрлик диссертация жумысымның темасын алыў ўақтыңда Арал бойы әтирапындағы жер асты суўларының жағдайы бойынша оғада қызықлы фактлерге дус келдим. Оларды еле де терең үйрениў мақсетинде Қарақалпақстанға келдим. Бул жерде декабрь айына шекем өз излениўлеримди алып бараман. Бунда мен ушын Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының химия-биология факультетинде ислейтуғын профессор-оқытыўшылар ҳәм магистрантлардың усы тема бойынша алып барған изертлеў жумыслары айрықша әҳмийетке ийе болады деп ойлайман, - дейди Такао Юма. ![]() Ушырасыў даўамында Такао Юма өз изертлеўлери нәтийжесинде анықлаған айрым жаңалықлар бойынша институт магистрантлары менен өз ара пикир алмасты. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Өткен жылы Қарақалпақстанда қайсы кеселликлерден өлимшилик жағдайлары бақланған?28-янв, 2021 жыл.
0
0
Қоңыратта жаңа мешит жумыс баслады – Қарақалпақстандағы мешитлер саны елиў үшке жетти27-янв, 2021 жыл.
66
0
Арнаўлы комиссия кафе ҳәм ресторанлардың жумыс ўақты менен байланыслы қарар шығарды26-янв, 2021 жыл.
217
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Ҳәрдайым излениң. Бүгин алтын излесеңиз мыс табасыз. Ертең мыс излесеңиз алтынға ерисесиз
|