НМПИдиң «Туран» командасы «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы финалында! Финал ойыны қашан болып өтеди?![]() Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан жаслар аўқамы, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы менен биргеликте Өзбекстан Республикасының барлық жоқары оқыў орынлары студентлери арасында «Қуўнақлар ҳәм зийрек» таңлаўы ҳәр жылы өткерилип келинбекте. Алдын хабар бергенимиздей, таңлаўдың шерек финал басқышында ең жоқары балл менен Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Туран» командасы ярым финалға жол алған еди. ![]() Ярым финал басқышында Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтының «Тарғибот», Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының «Agrolife» ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетиниң «Болалар» командалары менен финал басқышына жоллама алыў ушын өзлериниң қәбилетлерин көрсете алған институт студентлери «Тарғибот» командасы менен бирге финал жолламасына ийе болды. «Тарғибот» 11,6 балл менен, ал «Туран» 11,5 балл менен финалға жол алды. ![]() Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Туран» командасы финал басқышында Ташкент мәмлекетлик аграр университети Әндижан филиалының «Оғалар», Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтының «Тарғибот», Ташкент финанс институтының «Молиячи», Ташкент информатициялық технологиялар университетиниң «Позитив», Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң «Янги юлдузлар» командалары менен беллеседи. Финал басқышы 18-декабрь күни саат 18:00 де «Халқлар дўстлиги» сарайында болып өтеди. Финал басқышында «Туран» командасын қоллап-қуўатлаўға шақырамыз. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Президент «Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасынан кимлерди сыйлықлады?04-мар, 2021 жыл.
119
0
Наўрыз байрамы қарсаңында берилетуғын дем алыс күнлери ҳаққында мағлыўмат жәрияланды04-мар, 2021 жыл.
126
0
Елликқаладағы спорт мектебинде бюджет қаржылары нызамға қайшы тәризде өзлестирилгени анықланды04-мар, 2021 жыл.
63
0
«Өзбегим ҳаялы» миллий сыйлығына Қарақалпақстаннан ким ылайықлы деп табылды?04-мар, 2021 жыл.
125
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Гөззаллық – бул қысқа мүддет ишинде ҳүкимранлық ететуғын малика
Сократ
|