БҮРКИТЛЕРДИҢ ТАРПЫЎЫНА УШЫРАҒАН САМОЛЁТ![]() Өмирбай Өтеўлиев, жазыўшы, журналист БҮРКИТЛЕРДИҢ ТАРПЫЎЫНА УШЫРАҒАН САМОЛЁТ - Бизлер де бир өлимнен қалдық, қудай сақлады, - деп қоңыратлы Оралбай ағаға Амандәўлеттиң ўақыясын айтсам, соған үнлес әңгиме менен жол қысқартты. - Бизиң жақлардағы дала бүркитлери тыныш еди. Таўлы үлкелерде кишигирим самолётларға жийи-жийи ҳүжим жасайтуғыны орайлық баспасөзлерде жазылып, ҳүжжетли фильмлерден көрип жүрмиз-ғой… Үстиртте терең бураўлаў жумысларын алып баратуғын экспедицияда жигирма жылға жуўық шофёр болдым. Ең түпкирдеги қазылып атырған скважина-қудыққа труба апаратырғанымда машыным бузылып, аўысық бөлеклери ушын Қоңыратқа «АН-2» самолётында төрт жолаўшы уштық. «Судочье»ның төбесинен қарасаң, көл бетиндеги қанатларын жайған қуслар сулыў көринеди. Бир мәҳәл, саған өтирик, өзиме рас, самолётымыз аўдар-теңкер болып, диң аспанда қайыстай таўланды. Бир-биримизге дүгисиў менен ишип-жегенлеримизди қайтарысып, не болғанын билмедик. Тиришилигимизден гүдер үзбеге қарағанда самолёт өзин дүзеп, ийнимизди қыймылдатпай Қоңыратқа түсирди. - Аңладыңызлар ма, самолётқа бүркитлер ҳүжим жасады. Қашпасақ аўҳалымыз қоржын еди. Өзлерин отқа урған көзсиз гүбелеклердей алдындағы ҳаўаны ишине тартып ҳәм сыртқа үрлейтуғын паригине илинсе истен шығарып, жерге қулап түсемиз, - деп қапылтты. Даланлықта, айсыз түнлерде машынлы жүрсең фараларына көзлери бир қамасқан кийик, басқа да жабайы аңлар изиңнен қалмай, әжелине асыққанлары алдыңды қайта-қайта кесип өте береди… Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
«Нөкис вино заводы» өнимлери халықаралық көргизбеде «Ең жақсы өним» номинациясының жеңимпазы болды20-фев, 2019 жыл.
43
0
Арал бойы аймақларын тиклеўде Бирлескен Араб Әмирликлери тәжирийбеси қолланылады20-фев, 2019 жыл.
73
0
Мойнақ районында қурылып атырған көп квартиралы турақ жайлардың дәслепки баҳалары жәрияланды20-фев, 2019 жыл.
207
0
Факультетлер 15 ке жетти. Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жаңа структурасы тастыйықланды. Және қандай өзгерислер болды? (толық)01-фев, 2019 жыл.
«Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» трассасында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Қурбан болған шахс бар24-янв, 2019 жыл.
Ең ақыллы ҳәм ден саўлығы беккем балалар қайсы айда дүньяға келетуғынлығын билесиз бе?27-янв, 2019 жыл.
1-февральда ақырзаман болыўы ҳаққындағы гәплер қаншелли ҳақыйқат? Илимлер Академиясы мүнәсибет билдирди31-янв, 2019 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жақсылық – көп болса да зыян келтирмейтуғын пазыйлет
Ж. Голсуорси
|