Бас прокуратура Мойнақта казино шөлкемлестирилиўи ҳаққындағы хабарға анықлық киргизди![]() Инвесторлар тәрепинен Мойнақ районында казино (ойын бизнеси) шөлкемлестириў мәселеси бойынша усыныслар берилген. Бул ҳаққында «Daryo.uz»ға Бас прокуратураның баспасөз хызмети баслығы Сурайё Раҳмонова мәлим етти. «Мойнақ районын социаллық-экономикалық раўажландырыў көз-қарасынан инвесторлар тәрепинен көплеген инвестициялық жойбарлар усыныс етилмекте. Бас прокуратура тийисли министрлик ҳәм ведомостволар менен бул усынысларды үйренбекте. Казино (ойын бизнеси) мәселеси бойынша да усыныслар келип түскен, оны әмелге асырыўдың барлық аспектлери үйренип шығылмақта», - дейди Сурайё Раҳмонова. Мағлыўмат ушын, Өзбекстанда казинолардың жумысы нызам тийкарында қадаған етилген. Буннан алдын ҳәзирги ўақытта тийисл нормативлик акт таярлаў бойынша Бас прокуратура тәрепинен жумыслар алып барылып атырғаны ҳаққында New Muynak City каналы мәлим еткен еди. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
«Нөкис вино заводы» өнимлери халықаралық көргизбеде «Ең жақсы өним» номинациясының жеңимпазы болды20-фев, 2019 жыл.
43
0
Арал бойы аймақларын тиклеўде Бирлескен Араб Әмирликлери тәжирийбеси қолланылады20-фев, 2019 жыл.
73
0
Мойнақ районында қурылып атырған көп квартиралы турақ жайлардың дәслепки баҳалары жәрияланды20-фев, 2019 жыл.
207
0
Факультетлер 15 ке жетти. Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жаңа структурасы тастыйықланды. Және қандай өзгерислер болды? (толық)01-фев, 2019 жыл.
«Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» трассасында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Қурбан болған шахс бар24-янв, 2019 жыл.
Ең ақыллы ҳәм ден саўлығы беккем балалар қайсы айда дүньяға келетуғынлығын билесиз бе?27-янв, 2019 жыл.
1-февральда ақырзаман болыўы ҳаққындағы гәплер қаншелли ҳақыйқат? Илимлер Академиясы мүнәсибет билдирди31-янв, 2019 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Өмир велосипедке уқсайды. Оның педалын айландырыўдан тоқтасаңыз жығыласыз
Клаудио Пепер
|