Берунийде бир-бирине тийип турған еки үйде өрт пайда болды![]() Усы жылдың 11-май күни Беруний районы «Дослық» МПЖ Матбуот көшесинде жайласқан еки қоңсы үйде өрт келип шықты. Ўақыя орнына оператив түрде 6 өрт өшириў бөлимшеси жетип барған ҳәм олардың жедел ҳәрекетлери нәтийжесинде үйлердиң 200 квадрат метрлик майданы өрттен сақлап қалынған. Дене жарақатын алған ямаса қайтыс болғанлар жоқ. ![]() Өрт өшириўшилер мәнзилге жетип барған ўақытта үйлердиң жоқары тәрепи өртенип атырған болған. Өрт ақыбетинде көшедеги 25-жайдың 60 квадрат метрлик майдандағы жоқары тәрепи ҳәм үй мебельлери, сондай-ақ, 27-жайдың жоқарғы бөлиминдеги 30 квадрат метрлик қурылыс конструкциясы өртенип кеткен. Өрттиң келип шығыўына 25-жайдағы электр сымларының қысқа тутасыўы деп болжанып атырған болса, оның қысқа ўақытта қоңсылас жайға өтип кетиўине жайларды қурғанда өртке қарсы аралықты есапқа алмаў ямаса өртке қарсы дийўаллар қурылмағаны себепши болған. Ҳәзирги ўақытта материаллық зыян муғдары анықланбақта. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Президент «Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасынан кимлерди сыйлықлады?04-мар, 2021 жыл.
119
0
Наўрыз байрамы қарсаңында берилетуғын дем алыс күнлери ҳаққында мағлыўмат жәрияланды04-мар, 2021 жыл.
126
0
Елликқаладағы спорт мектебинде бюджет қаржылары нызамға қайшы тәризде өзлестирилгени анықланды04-мар, 2021 жыл.
63
0
«Өзбегим ҳаялы» миллий сыйлығына Қарақалпақстаннан ким ылайықлы деп табылды?04-мар, 2021 жыл.
125
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Ҳәрдайым излениң. Бүгин алтын излесеңиз мыс табасыз. Ертең мыс излесеңиз алтынға ерисесиз
|